"Сахра бүлбиллери-сахрадағы Лувр" классикалық музыка ҳәм опера атқарыўшылары Республикалық таңлаўы.
Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрликлериниң 2018-жыл ис-режесине муўапық, Қарақалпакстан Республикасы Министлер Кеңесиниң 10.05.2018-жыл (06-08/10-05/307) санлы баянламасының орынланыўын тәмийинлеў мәксетинде классик музыка өнериниң жетискенликлерин кең ғалабаластырыў, оларды сақлаў хәм раўажландырыў, жас аўладта гоззалыққа умтылыў туйғыларын раўажландырыў ҳәмде кирис туризми ҳәм ишки туризмди рауажландырыўға үлес қосыў, халықаралық дөретиўшилик бирге ислесиўди жәнеде кеңейттириў, дослық ҳәм татыўлық идеяларын кең ен жайдырыў мақсетинде 2018 жылдың 30-май күни Нөкис қаласы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында классикалық музыка ҳам опера атқарыўшыларының Республикалық таңлаўы өткерилди.
Республикалық таңлаўды Қарақалпақстан Республикасы министри орынбасары А.Ниетуллаев ашып берди. Таңлаўға қала ҳәм районлық мәденият бөлимлеринен, балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеплери, колледж ҳәм оқыў орынларынан жәми 36 қатнасыўшы қатнасты.
Республикалық таңлаў жуўмағында төрешилер топары қатнасыўшыларды баҳалай отырып, төмендегише
“Саз әсбаплары атқарыўшылығы бойынша”
1-орын Досберген Реймов
2-орын Қуўатбай Рамбергенов
3-орын Илҳам Оразбаев
“Опера атқарыўшылығы бойынша”
1- орын Асадбек Әкимбаев
2- орын Гүлбану Рейипназарова
3- орын Шерхан Утемуратов
Сондай-ақ белсене қатнасқаны ушын Ҳүрмет жарлықлары менен
Саз әсбаплары атқарыўшылығы бойынша
-Махсетуллаев Рустам
-Махсетбаев Тимур
“Опера атқарыўшылығы бойынша”
-Мырзамбетов Мухаммед
-Жуматов Нурлыбай сыйлықланды.
- Конституция – Ғәрезсизлигимиз, бахтымыз тийкары.
- «Ардақлаў – 2017» сыйлықлаў мәресими Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болып өтти.
- Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Хошамет-2018» сыйлықлаў мәресими болып өтти.
- «Бүлбилзибан» қосықшымыз Даўытбай Қайыповтың туўылғанының жетпис жыллығы болып өтти.
- БЕРДАҚ ҚАРҒАБАЙ улы 190 жаста